Yangiliklar

Инклюзив тәлим әмелге енгизилди

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2021-жыл 12-октябрь күнги 638-санлы қарарыныӊ 1-қосымшасы менен тастыйықланған «Улыўма орта билим бериў мекемелеринде инклюзив тәлимди шөлкемлестириў тәртиби ҳаққында»ғы Нызам ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниӊ 2022-жыл 30-июнь күнги 135-санлы буйрығы тийкарында Кегейли районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 55-санлы математика пәнине қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектебинде 2022-2023 оқыў жылынан баслап инклюзив тәлим шөлкемлестирилди.

Инклюзив тәлимниӊ мақсети- жеке тәртипте билим алыўға зәрүрлиги болған оқыўшылар ушын мектепте арнаўлы қурал ҳәм методикаларды қоллаў арқалы арнаўлы педагогларды қамтыған ҳалда тосықсыз масластырылған тәлим орталығын жаратыў, олардыӊ жәмийетке нәтийжели масласыўы ҳәмде толық уйғынласыўына хызмет ететуғын сыпатлы улыўма орта билим бериўден ибарат.

55-санлы математика пәнине қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектебинде 2022-2023 оқыў жылынан баслап инклюзив тәлим беретуғын 1-класына усындай 3 оқыўшы қабылланды. Ҳәзирги ўақытта бул оқыўшылар мектепке толық масласып, ата-аналар алғысын алмақда.

;